Қоңырат районында Жаңа Өзбекстан көшеси пайдаланыўға тапсырылды

Бүгинги күнде елимизде жүз берип атырған түпкиликли өзгерислер ҳәм кең көлемли дөретиўшилик ислери ғәрезсизлигимиз жаратып берген имканиятлар, инсан қәдири ушын деген ийгиликли идея тийкарында әмелге асырылып атырған реформалардың әмелий нәтийжеси есапланады.
Мине усындай уллы дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылып атырған аймақлардың бири, Қоңырат районында ғәрезсизлик байрамы қарсаңында «Жаңа Өзбекстан» көшеси пайдаланыўға тапсырылды.
Салтанатлы ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев байрам мүнәсибети ҳәм жаңаланған автомобиль жолы пайдаланыўға тапсырылыўы менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде район аймағында барлық мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде 208 млрд. сумлық қурылыс жумыслар әмелге асырылмақта.
Әмелге асырылып атырған жумыслар қатарында ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында 33 млрд. сумлық қаржылар есабынан Жаңа Өзбекстан көшесиниң реконстркцияланып, пайдаланыўға тапсырылыўы район халқы ушын ҳақыйқый байрам саўғасы болды.
Автомобиль жолы 7 метрден 16 метрге кеңейтилип, асфальтобетон қапламасы төселди. 4,1 км пиядалар ҳәм велосипед жоллары қурылды. Бөлип турыўшы тосықлар, түнги жақтыландырыў шырақлары орнатылды. Пиядалар ҳәм автомобильлер ушын барлық қолайлықлар жаратылып, пайызлы орынлардың бирине айландырылды.
Әлбетте, бундай ийгиликли ислер район аймағында, пүткил республикамыз бойлап буннан-былай да даўам еттириледи.
.jpg)

.jpg)