Самалдан энергия алыў бойынша және бир ири жойбар жумыс баслады

Жақында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәмлекетимиз бойлап ири объектлер, соның ишинде, Қарақалпақстанда да 12 ири объект иске түсирилген еди.
Бүгин кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм нураныйлар усы объектлер менен жақыннан танысты.
Дәслеп, Беруний районы аймағында әмелге асырылған 200 МВт қуўатлыққа ийе самал электр станциясы ҳәм 100 МВтлық сақлаў системасын қурыў бойынша «Нөкис-2» жойбары барып көрилди.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев жаңа қуўатлықтың иске түсирилиўи ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың әмелий көриниси екенлигин атап өтип, бул ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылығын билдирди.
Атап өтиў орынлы, республикамыз аймағы самал электр станцияларын қурыў ушын қолайлы орынлардың бири есапланып, бул болса мүмкиншиликлер дереги сыпатында хызмет етеди. Елимиз станция ушын ең керекли, дерлик тоқтамайтуғын самалы менен ажыралып турады ҳәм үлкен потенциалға ийе. Самал станциясы қурылып, пайдаланыўға тапсырылыўы жасыл энергетиканы раўажландырыў бағдарында әҳмийетли басламалардан бири болды.
Саўдия Арабстанының ACWA Power компаниясы тәрепинен әмелге асырылған бул жойбар Өзбекстанның кем углеродлы энергия келешегине өтиў жолындағы әҳмийетли қәдем есапланады. Жойбар самал энергиясын аккумулятор тийкарында энергияны сақлаў системасы менен бирлестирип, электр тармағының турақлығын ҳәм энергия тәмийнатының исенимлигин арттырады.
Ең әҳмийетлиси, бул жойбар иске түсирилиўи арқалы халқымыз ҳәм экономика тармақларын турақлы энергия менен тәмийинлеў имканияты жаратылды.


.jpg)
.jpg)