Қарақалпақстанда ҳәк ислеп шығарыў заводы жумыс баслады

Президентимиз тәрепинен иске түсирилген объектлер қатарында Қарақалпақстанда да жәми 12 ири объект иске түсирилген еди.
Бул объектлер қатарында бүгин Қараөзек районы «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында иске қосылған Қарақалпақстандағы дәслепки сөндирилген ҳәк ислеп шығарыў заводы жумысы көзден өткерилди.
Атап өтиў орынлы, улыўма 90,3 млрд. сум қаржы есабынан әмелге асырылған заводта бүгинги күнде 50 жергиликли қәниге жумыс пенен тәмийинленген.
Ал, ислеп шығарыў даўамлылығын тәмийинлеў бағдарында үлкен резервке ийе Қаратаў кәниниң потенциалынан пайдаланылып, суткасына 500 тонна, ал, жылына 165 мың тонна ҳәк ислеп шығарыў қуўатлығы жаратылды.
Алдын сөндирилген ҳәк республикамызға қоңсы ўәлаятлардан алып келинген болса, бүгинги күнде өнимлер усы жердиң өзинде ислеп шығарылмақта ҳәм ишки базарға бағдарланбақта. Алдағы ўақытта болса қоңсы мәмлекетлерге экпорт жолға қойылыўы режелестирилген.
Кәрхана жумысы менен танысыў барысында нураныйлар жергилили маман қәнигелер менен жақыннан пикирлести.

.jpg)

