Әмиўдәрья районында Маңғыт суў тазалаў имараты пайдаланыўға тапсырылды

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы алдынан елимиздиң барлық аймақларында жаңа дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жойбарлары әмелге асырылмақта. Усы жойбарлар қатарында Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанда иске түсирилген ири объектлерден бири Әмиўдәрья районындағы Маңғыт суў тазалаў объекти болды.
Республикамыз белсендилери ҳәм нураныйлар бул орында әмелге асырылған жумыслар менен жақыннан танысты.
Улыўма баҳасы 167,7 миллиард сум болған жойбар шеңберинде объект толық реконструкцияланып, суткасына 40 мың куб метр суўды тазалаў қуўатлығы жаратылды.
Сондай-ақ, жойбар шеңберинде 3 ишимлик суўы объекти ҳәм 300 километрден аслам суў тармақлары жаңаланды.
Бул дөретиўшилик жумыслардың нәтийжесинде Әмиўдәрья районында орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежесин 80 процентке жеткерилди. Әҳмийетлиси, жойбар иске түсирилиўи район халқы ушын мүнәсип байрам саўғасы болды.

.jpg)
.jpg)
