Жаңа Амфитеатрдың ашылыўы Әмиўдәрья районы халқы ушын байрам салтанатына айланды

Бугин Әмиўдәрья районы халқы ушын байрам саўғасы – орайлық амфитеатрдың ашылыў салтанаты өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңадан қурып питкерилген саўлатлы имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен район халқын қутлықлады.
Атап өтиў орынлы, Әмиўдәрья районы халқының байрам илажларын жоқары дәрежеде өткериўи ушын мүнәсип орын, жыллар даўамында орынланбай келген тилеги – амфитеатр алдын болмаған еди. Ҳүрметли Президентимиздиң итибары менен бүгинги күнге келип жаңа Амфитеатр қурылып, пайдаланыўға тапсырылды ҳәм район халқының көп жыллық арзыў-нийетлери шынлыққа айланды.
Әҳмийетли тәрепи, ендигиден былай райондағы барлық үлкен мәдений илажлар ҳәм байрам салтанатлары усы жерде өткериледи.
Бүгинги өткерилген ашылыў салтанаты мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 35 жыллық байрамы қарсаңында өткерилиўи илажға және де көтериңки руўх бағышлап, ҳақыйқый байрамға айланып кетти.
Ашылыў салтанаты көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.


.jpg)

.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
