Қутлы әййям алдынан Төрткүлде және бир заманагөй мектеп пайдаланыўға тапсырылды

Елимизде билимлендириў тараўына қаратылып атырған жоқары итибар ҳәм ғамхорлықтың әмелий көриниси сыпатында Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 35 жыллық байрамы қарсаңында Төрткүл районында да қуўанышлы ўақыя жүз берди.
Ҳүрметли Президентимиздиң 454-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Янгиобод» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жаңа, заманагөй мектеп имараты бой тикледи ҳәм ең уллы, ең әзиз байрамымыз алдынан оқыўшы ҳәм устазларға саўға етилди.
Баҳасы 10,7 млрд. сум ҳәм сыйымлығы 330 орынға ийе болған бул мектеп барлық қолайлықларға ийе етип қурып питкерилди ҳәм пайдаланыўға тапсырылды.
Жаңа оқыў жылы алдынан иске қосылған бул билимлендириў дәргайы аймақтағы ул-қызлар ушын заманагөй шараятларда билим алыў, оқытыўшылар ушын болса нәтийжели жумыс алып барыў жолында кең имканиятлар есигин ашады.


.jpg)