Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз бес жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзи

Ассалаўма әлейкум, Әзиз Ўатанласлар!
Еӊ дәслеп, Сизлерди ҳəм Сизлер арқалы гүллəн халқымызды елимиз тарийхындағы қутлы сәне, Еӊ уллы ҳәм Еӊ әзиз әййям – Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллық байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм Министрлер Кеӊеси атынан қызғын қутлықлап, елимиздиӊ және-де раўажланыўы ҳәм халқымыздың абадан турмысы жолындағы барлық ийгиликли ислериӊизде тасқын табыслар тилеўге рухсат еткейсизлер!
Қәдирли дослар!
Мақтаныш пенен айтыўымыз керек, елимиздиң ѳзине тән раўажланыўына кең жол ашып берген, еркин ҳәм абадан турмысымыздың тымсалы болған Ғәрезсизлик бизиң ең үлкен бийбаҳа байлығымыз, миллий мақтанышымыз ҳәм айдын келешегимиздиң исенимли кепили болып табылады.
Сонлықтан да, бул қутлы сәне халқымызды жаңадан-жаңа табысларға баслаўшы ҳәм уллы дѳретиўшилик ислерге руўхландырыўшы байрам сыпатында ҳәр жылы пүткил елимиз бойлап кең түрде ҳәм үлкен қуўаныш пенен белгиленеди.
Әҳмийетлиси, быйылғы байрам илажлары Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы Қарары тийкарында «Бир Ўатан, бир халық болып, жаңа турмыс ҳәм келешек қурамыз!» деген терең мазмунлы идея астында өткерилиўи кѳп миллетли халқымызды — ана Ўатанымызды және де раўажландырыў жолында бирлестирип, бәршемизди ийгиликли ислерге руўхландырмақта.
Әлбетте, отыз бес жыл – тарийх ушын қысқа дәўир болыўы мүмкин. Бирақ, Жаңа Ѳзбекстанымызда жасап атырған ҳәр бир инсан ушын ѳзлигимизди аңлаў, миллий қәдириятларымызды улығлаў, әсирлерге татыйтуғын раўажланыўлар ҳәм жаңаланыўлар дәўири болды, десек қәтелеспеймиз.
Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары жүз берген тарийхый ўақыяларға нәзер таслайтуғын болсақ, ҳүрметли Президентимиздиң басламасы ҳәмде Президент Администрациясы Баслығының қоллап-қуўатлаўы менен миллий мийрасларымыздың сайланды үлгилери – Қобыз соғыў, Жыраўшылық өнери ҳәмде Қара үй ЮНEСКОның дизимине алынғанын, пайтахтымызда бой тиклеген дүньядағы ең үлкен Қара үй «Гиннестиң рекордлар китабы»на киргизилгенин, усы жерде «Аралбойы – тек ғана экологиялық аймақ емес, ал, үлкен мəденият орайы» деген идеяны ѳзинде жәмлеген «Арал мәденияты саммити»ниң өткерилгенин кѳп миллетли халқымыз үлкен қуўаныш ҳәм мақтаныш пенен күтип алды.
Әлбетте, бул ҳүрметли Президентимиздиң бай мәдений мийрасларымызға болған жоқары итибары ҳәм ғамхорлығының әмелий кѳриниси болып есапланады.
Мине, усындай халқымыз турмысында оғада әҳмийетли болған үлкен жаңалықлар ҳаққында сѳз еткенде, 367 миллион долларлық «Нөкис-1» ҳәм «Нѳкис-2» самал электр станцияларының иске түсирилгени, бул орында 300 мегаватлық Самал трубиналары ҳәм 100 мегаватлық электр энергиясын сақлаў батареяларының орнатылғаны, сондай-ақ, елимизди Европа мәмлекетлери менен байланыстырыўшы, 323 миллион долларлық «Қоңырат-Бейнеў» автомобиль жолының 240 километр бөлегиниң пайдаланыўға тапсырылғаны, «Әмиўдәрья» дәрьясы үстинен ѳтиўши, 379 миллиард сумлық заманагѳй кѳпирдиң қурылғаны, Арал теңизиниң ултанында 2 миллион гектар майданда шѳлге шыдамлы ѳсимликлер егилип, «Жасыл қапламалар» жаратылғаны, Тахтакѳпирде қурылған «Қаратерең» туристлик комплекси ҳәм миллийлигимизди ѳзинде сәўлелендирген «Этно аўылы» халқымыздың пайызлы дем алыў орынларына айланғаны, «Нөкистен - Мойнақ, Алмата, Ақтаў жөнелислеринде авиа-қатнаўлардың, «Нѳкис – Манғыстаў» жѳнелисинде поезд қатнаўының жолға қойылғаны, булардың барлығы елимиздиң жаңа тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылып атырған қуўанышлы ўақыялардан саналады.
Әзиз Ўатанласлар!
Соңғы жыллары барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар жаңадан-жаңа табысларға беккем тийкар болмақта. Бир ғана экономикалық кѳрсеткишлер мысалында айтатуғын болсақ, 2016-жылы жалпы аймақлық өним 8 ярым трлн. сумды қураған болса, усы жыл басында бул көрсеткиш 6,3 есеге ѳсип, 54 триллион сўмнан асты. Бунда, исбилерменлердиң үлеси 66 процентке жетти.
Сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң саны 26 ярым мыңға жетип, 2 ярым есеге көбейгени, сырт ел инвестициялары 500 есеге ѳсип, усы жыл басына 2 ярым миллиард долларға жеткени, экспортёр кәрханалар саны 4 есеге кѳбейип, 250 ге жеткени ҳәм экспорт кѳлеми орташа есапта 8 есеге өскени, сырт ел капиталы қатнасындағы карханалар саны 4 есеге кѳбейип, 251 ге жеткени – булардың барлығы экономикамыздыӊ тез пәтлер менен раўажланып атырғанын дәлиллейди.
Сондай-ақ, жаңа жумыс орынларын жаратыўда әҳмийетли орын тутатуғын санаат ѳнимлерин ислеп шығарыў кѳлеми 2016-жылдағы 4 ярым трлн. сумнан 29 трлн. сўмға жеткенин де айрықша атап ѳтсек арзыйды.
Усылар менен бир қатарда, соңғы жыллары Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында турмысқа енгизилип атырған реформалар, барлық орынларда, ҳәттеки, ең шетки мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ислер, жасларымызды, ҳаял-қызларымызды ҳәм нураныйларымызды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы әмелий жумыслар халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде оғада әҳмийетли орын тутпақта.
Әлбетте, бунда ѳткен 10 жыл ишинде ҳүрметли Президентимиздиң тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген 80 нен аслам Пәрман ҳәм Қарарлары аймақта бурын болмаған ийгиликли ислерге беккем тийкар болмақта.
Атап айтқанда, пуқараларымызды бир-нешше жыллардан берли қыйнап киятырған машқалалар ѳз шешимин таўып, нызамсыз қурылған 39 мың 138 турақ-жайдың кадастр ҳүжжетлери ислеп берилди.
Сондай-ақ, жәрдемге мүтәж пуқаралардың 21 мыңнан аслам турақ-жайларында қурылыс-оңлаў жумысларының әмелге асырылып атырғаны, пенсия ҳәм напақа алыўшылар, майыплығы болған пуқаралар темир-жол ҳәм авиа билетлерден 2 есеге арзанластырылған баҳада пайдаланып атырғаны, буннан тысқары, өткен 4 жылдың ишинде Қарақалпақстанлы 37 мыңға жақын жаслардың қосымша квоталар тийкарында студент болыў бахтына миясар болғаны, быйылғы жылы да қосымша квоталардың ажыратылыўы нәзерде тутылып атырғаны, булардың барлығы «Инсан қәдири ушын» деген идеяны ѳзинде жәмлеген ҳәм мың-мыңлаған пуқараларымыздың қуўанышына себеп болып атырған ийгиликли ислерден саналады.
Қәдирли Ўатанласлар!
Мине, усындай ийгиликли ислер қатарында, исбилерменлерге берилген жеңилликлер ҳәм жаратылған кең имканиятлар нәтийжесинде Қарақалпақстанда алдынлары болмаған қурылыс материаллары, текстиль, фармацевтика, электротехника, терини қайта ислеў ҳәм азық-аўқат санааты сыяқлы жаңа тармақлар пайда болып, кѳплеген завод, фабрика ҳәм кәрханалар иске тусирилди.
Айырымларын айтып ѳтетуғын болсақ, пайтахтымыз Нөкис қаласында, 50 миллион долларлық базальт минералынан ыссылық сақлаўшы материаллар ислеп шығарыў кәрханасының иске тусти, 48 ярым миллион долларлық ийирилген жип ислеп шығарыў кәрханасының жумыс баслады, 23 ярым миллион долларлық жылытыў радиаторларын ислеп шығарыў заводының ашылды, 15 миллион долларлық газаблок таярлаў кәрханасы иске тусти, Қарақалпақстанда 1-мәрте Американың абыройлы компаниясы «Ramada by Wyndham» брэнди астында 10 миллион долларлық 5 жулдызлы мийманхананың жумысы жолға қойылды.
Сондай-ақ, шет ел инвесторлары менен бирге 8 миллион долларлық аяқ кийим ҳәм тери өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылып атырғаны, итибарлысы, бул кәрхана Италияның дүньяға белгили “Феррари” брендиндеги автомобиллерге тери ѳнимлери жеткерип берилмекте.
Сондай-ақ, Тѳрткүл районында 7 миллион долларлық, жылына 4 ярым млн дана Шийше ыдысларға гүл басыў кәрханасы иске түсти, «Дүнья Медстрой» жәмийети тәрепинен 4 миллион долларлық 3 этажлы медицина клинакасының шѳлкемлестирилди.
Жоқарыдағылар менен бир қатарда, елимизде 1-мәрте қытайлы инвесторлар менен бирге жылына ярым тоннадан аслам алтын ислеп шығарыў жолға қойылғаны; Берунийде 300 миллиард сумлық саўда комплекси шөлкемлестирилип, 250 ден аслам жумыс орынларының жаратылғаны, Кегейли ҳәм Нѳкис районларында 16 миллион долларлық, жылына 280 мың бас нәсилли таўықларды жетистириўге мѳлшерленген қусшылық фабрикаларының ашылғаны, Шымбай, Қараөзек, Тахтакѳпир, Беруний ҳәм Елликқала районларында таяр текстил өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жаңа қуўатлықлардың жаратылғаны, Мойнақ ҳәм Қоңыратта жылына 20 мың тонна экстра ҳәмде 3 мың тонна таблетка көринисиндеги дуз ислеп шығарыў жолға қойылғаны, Қараөзекте 12 миллион долларлық ҳәк ислеп шығарыў кәрханасы иске түскени, Тахтакөпирде 10 миллион долларлық шарўашылық, жүн ҳәм сүтти қайта ислеў карханалары жумыс баслағаны, Кегейлиде 4 миллион долларлық боян тамырдың шығындысынан «ДВП» ѳнимлерин ислеп шығарыў кәрханасы ашылғаны, «Шымбай ун», «Қыпшақ», «Хожели ун», «Қыят», «Қанлыкөл унлары» брендлери астында ун заводларының иске түсирилгени, булардың барлығы Ғәрезсизлигимиздиӊ қаншелли дөретиўши күшке ийе екенин және бир мәрте дәлиллеп, исбилерменлеримиздиң усындай қолайлы имканиятлардан нәтийжели пайдаланып атырғанын кѳрсетеди.
Әзиз дослар!
Әҳмийетлиси, бундай ийгиликли ислер еле де даўам еттириледи ҳәм жақын жыллар ишинде кѳплеген жаңа кәрхана ҳәм заводлар иске түсириледи.
Мысаллар менен айтатуғын болсақ, бир ғана жасалма интелект технологияларын раўажландырыў бағдарында 5 миллиард 110 миллион долларлық 3 Майнинг ҳәм ДАТА орайлары қурылады. Соның ишинде Тақыятаста қытайлы инвесторлар қатнасында 3 ярым миллиард долларлық ДАТА орайдың 1-басқышы жақын күнлерде иске түседи.
Сондай-ақ, Қоңыратта 3,2 мың Мега-ваттлық 3 миллиард 300 миллион долларлық Гигант самал электр станциялары қурылмақта, Тебинбулақ кәнинде жылына 58 миллион тонна темир рудасын қазып алыў мақсетинде 2 миллиард долларлық завод қурылысы даўам еттирилмекте, пайтахтымызда 78 миллион доллар қаржы есабынан заманагөй 5 жулдызлы мийманхана, Конгресс-холл ҳәм 22 қабатлы турақ жай қурылмақта, қалаберсе, баҳасы 40 миллион долларлық Санаат Технопарки шөлкемлестирилип, бул орында исбилерменлер ушын таяр имаратлар қурып бериледи.
Усылар менен бирге Нѳкис қаласында, 120 млн долларлық "KIA" автомобиль заводы ушын 6 түрли детальларды ислеп шығарыў кәрханасы жумыс баслайды, «Дослық» каналы бойында «Seul Mun» үлгисинде 100 миллион долларлық дем алыў орны, саўда орайы шөлкемлестириледи, Ашшыкөл бойында 20 миллион долларлық турақ жай комплекси, заманагөй мийманхана ҳәм дем алыў орны бой тиклейди, 82 ярым миллиард сум қаржы есабынан Логистика орайы қурылады, 3 миллион долларлық Дәри-дәрмақ ислеп шығарыў кәрханасының жумысы жолға қойылады.
Сондай-ақ, Беруний районында, 3 миллион долларлық жылына 36 мың тонна шарўа ҳәм балықшылық ушын аралас жем ислеп шығарыўшы Агрокомплекс жумыс баслайды, Қытайлы инвесторлар менен бирге 5 млн долларлық Газоблок ислеп шығарыў кәрханасы иске тусириледи, 10 миллион долларлық мийўе-овощты қайта ислеў қуўатлықлары жаратылады.
Усылар менен бир қатарда, Нѳкис районында 15 миллион долларлық мыстан трубка ҳәм кабеллер ислеп шығарыў жолға қойылады, Тахтакөпир ҳәм Кегейли районларында улыўма баҳасы 40 миллион долларлық ийирилген жип ислеп шығарыў фабрикалары ашылады, Хожелиде 35 миллион долларлық Шийше ыдыслар ислеп шығарыў кәрханасының жумысы қайта тикленеди, Қоңыратта қытайлы инвесторлар тәрепинен 30 млн долларлық самал турбиналарын ислеп шығарыў заводы қурылады, Елликқала ҳәм Әмиўдәрья районларында 37 ярым млн долларлық заманагөй 2 саўда орайы иске түсириледи.
Елимиз экономикасын беккемлеўде әҳмийетли орын тутатуғын бундай жойбарларды ҳәр бир район мысалында кѳплеп келтириўимизге болады.
Ҳүрметли Ўатанласлар!
Әлбетте, елимиздиң гүллеп-раўажланыўын ҳәм халқымыздың абадан турмысын қурылыс-абаданластырыў жумысларысыз кѳз алдымызға келтире алмаймыз.
Орынларда алып барылып атырған кең кѳлемли жумыслар нәтийжесинде соңғы жыллары Қарақалпақстан үлкен қурылыс майданына айланып бармақта.
Бир ғана мысал, 2016-жылы қала ҳәм районларда улыўма қурылыс жумыслары кѳлеми 1 трлн. 172 миллиард сўмды қураған болса, усы жылдың басында бул көрсеткиш 8 ярым есеге ѳсип, дерлик 10 триллион сўмға жеткенлигин айрықша атап ѳтемиз.
Мине, усындай ийгиликли ислердиң нәтийжесинде жаңадан 435 ке жақын кѳп қабатлы турақ жайлар қурылып, 17 мыңнан аслам шаңарақлар жаңа турақ жайларға кѳшип ѳткен болса, 462 мектеп, 295 мәмлекетлик балалар бақшасы, 94 денсаўлықты сақлаў, 60 мәденият ҳәм спорт объектлеринде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып, халқымыз, әсиресе, жасларымыз ушын қолайлы шараятлар жаратылды.
Соның менен бирге, 4,5 мың километрден аслам ишимлик суў ҳәм канализация тармақлары қурылып, халықтың орайласқан ишимлик суў менен тәмийинлениў дәрежеси 51 проценттен 77 процентке жеткериледи.
Соның ишинде Нөкис суў тазалаў объектинде 87 миллиард сумлық реконструкция жумыслары исленип, пайтахтымыз халқы толық таза ишимлик суўы менен тәмийинленген болса, Нөкис районында 11 ярым миллион долларлық 263 км ишимлик суў тармақлары тартылып, таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи 68 проценттен – 90 процентке жеткерилди.
Қалаберсе, ѳткен жылларда 700 ге жақын трансформатор ҳәм 2400 километрден аслам электр линияларын жаңалаў есабынан 200 мыңға жақын шаңарақларда электр энергиясының тийкарсыз үзилислери кемейиўине ерисилди.
Сондай-ақ, 5 трлн. сўмнан аслам қаржы есабынан 5 мың 741 километр автомобиль жоллары асфальтланды ҳәм 128 кѳпирде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды.
Соңғы жыллары қурылған социаллық тараў объектлери ҳаққында айтатуғын болсақ, байрам алдынан пайтахтымыздағы «Туран» стадионының пайдаланыўға тапсырылғаны – жасларымыз ушын ҳақыйқый байрам саўғасы болды.
Итибарлысы, 117 миллиард сумлық қаржы есабынан заманагѳй кѳриниске келтирилген бул имаратта 200 орынлы жатақхана, 3 спорт залы, Футбол академиясы ушын оқыў ханалары болып, футболшыларымыз ушын барлық шараятлар жаратылды.
Соның менен бирге, 76 миллиард сумлық Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жаңа имаратының пайдаланыўға тапсырылғаны, 61 миллиард сумлық Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектептиң қурылғаны, 17 этажлы Ай-Ти Парктың бой тиклегени, қалаберсе, 79 миллиард сумлық Гимнастика орайы ҳәм 13 миллиард сумлық Гүрес шеберлиги спорт мектеплериниң пайдаланыўға тапсырылғаны, Бозатаўда 124 миллиард сумлық заманагөй санаторияның ашылғаны, 153 миллиард сумлық илимий-әмелий медицина академиясының жумыс баслағаны, 27 миллиард сўм қаржы есабынан қурылған Консерваторияның Нѳкис филиалында барлық қолайлы шараятлар жаратылғаны, Төрткүл ҳәм Әмиўдәрьяда 23 ярым миллиард сумлық заманагѳй Амфитеатрлардың қурып питкерилгени, 61 миллиард сўм қаржы есабынан Қыстаўлы медициналық жәрдем орайы, 11 миллиард сумлық Республикалық Тез жәрдем орайы, сондай-ақ, Беруний, Елликқала, Тѳрткүл ҳәм Әмиўдәрья районларында 45 миллиард сумлық туўыў комплекслериниң пайдаланыўға тапсырылғаны, Балалар миллий медицина орайы Аралбойы клиникасының шѳлкемлестирилгени халқымыз турмысындағы әҳмийетли ўақыялар қатарына киреди.
Мине, усындай илажлар нәтийжесинде, балаларды бақшаларға қамтыў дәрежеси 2016-жылдағы 25 проценттен – 84 процентке асырылды, мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў кѳрсеткиши 2016-жылғы 12 проценттен 55 процентке жеткерилди, мектеплерде 3 сменалы оқыў толық сапластырылды, жаңадан 150 түрдеги емлеў әмелиятлары жолға қойылып, Қарақалпақстан медицинасы тарийхында 1-мәрте баўыр ҳәм бүйрек көшириў, журекте ашық хирургиялық операциялар табыслы әмелге асырылды.
Қәдирли дослар!
Соңғы жыллары барлық тараўлар қатарында аўыл ҳәм суў хожалығы, шарўашылықты раўажландырыў бағдарында да бир қатар әмелий илажлар алып барылмақта.
Атап айтқанда, 2017-2026-жылларда 11 ярым мың км канал ҳәм коллекторларда 1 трлн 139 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Және бир әҳмийетли мәселелердиң бири, дийқан ҳәм фермерлеримиздиң тийкарғы қол-қанаты болған 11 ярым мыңға жақын аўыл хожалығы техника ҳәм агрегатлары алып келинди. Соның ишинде, 160 дана пахта териў машиналары ҳәм 110 дана ғәлле орыў комбайнларының алып келингени – дийқанларымыздың бәлент қырман жаратыўында айрықша орын тутады.
Шарўашылық тараўында жаңалықлардың бири сыпатында Орайлық Азияда 1-мәрте Хожели районында нәсилли қарамаллардың эмбрионын ислеп шығарыў лабораториясы иске тусирилди.
Ҳүрметли Ўатанласлар!
Ѳзинде жоқары мақсет ҳәм ийгиликли ислерди жәмлеген быйылғы «Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы» да қуўанышлы ҳәм умытылмас ўақыяларға бай болмақта.
Мине, усындай ўақыялар қатарына Ҳурметли Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен Нөкис қаласындағы Орайлық қазанхананы когенерация технологиясына өткериў жумыслары баслап жиберилгенин айрықша атап ѳтемиз.
Улыўма баҳасы 83 миллион доллар болған бул реконструкция жумысларының 1-басқышында пайтахтымыздағы 23 мыңға шамалас халық жасайтуғын көп қабатлы турақ жайлар ҳәм 40 социаллық объектлер сапалы ыссылық пенен тәмийинленеди.
Жоқарыдағылар менен бир қатарда бүгинги күнде, Әмиўдәрья, Беруний, Қараөзек, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында 145 миллион долларлық ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў жумыслары исленип атырғаны, Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Хожели районларының 286 км канализация тармақларында 78 миллион долларлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып атырғаны, сондай-ақ, «Мискин – Нөкис» тез журер поезды линиясын электрлестириў жумыслары жуўмақланыў алдында турғаны, Тѳрткүл, Беруний ҳәм Елликқала районларынан ѳтиўши А-380 автомобиль жолының 92 км аралығында 303 миллион долларлық реконструкция жумыслары басланғаны, «Жаңа Ѳзбекстан» келбетиндеги 2 район ҳәм 32 мәҳалледе, аўыр категориядағы 4 район ҳәм 102 мәҳәллениң инфраструктурасын жақсылаў мақсетинде 403 объектте улыўма 730 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумысларының алып барылып атырғаны – ийгиликли ислерден саналады.
Қалаберсе, соңғы жыллары Нөкис қаласында жәмийетлик транспорт хызметин раўажландырыў мақсетинде сырт еллерден 78 миллиард сумлық 68 дана заманагѳй автобуслар алып келинген болса, усы жыл ақырына шекем қосымша 160 тан аслам автобуслар алып келиниўи режелестирилмекте. Соның менен бирге, бүгинги күнде, Бирлескен Араб Әмирлигиниң «Шейх Халифа» фонды тǝрепинен баҳасы 28 миллион долларлық «Ана ҳǝм бала» клиникасы қурылысы жуўмақланбақта, дерлик 45 миллиард сумлық қаржы есабынан Республикалық Онкология медицина орайының имараты жаңадан бой тиклемекте. Буннан тысқары, Хожели районында қытайлы инвесторлар менен биргеликте баҳасы 400 миллион долларлық «Жаслар социаллық-экономикалық орайы»н шөлкемлестириў жумыслары басланбақта. Әлбетте, халқымыздың айдын келешеги менен байланыслы бундай жаңалықлар ҳаққында узақ сөз етиўимиз мүмкин.
Әзиз Ўатанласлар!
Быйылғы байрам илажларын кѳп миллетли халқымыз ҳәр қашанғыдан да жоқары дәрежеде кутип алмақта.
Әсиресе, байрам мүнәсибети менен қала ҳам районларда, сондай-ақ, барлық мәҳәллелерде «Ғәрезсизлик тойлары» фестиваллары кѳтериңки руўхта ѳткерилгени, қалаберсе, байрам алдынан социаллық қорғаўға мүтәж 101 жас шаңараққа Президент саўғасы – Жаңа турақ жайлардың тапсырылғаны, буннан тысқары, социаллық қорғаўға мүтәж 186 шаңарақтың турақ жайында «Жасыл оңлаў» бағдарламасы тийкарында дерлик 11 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумысларының әмелге асырылғаны, 92 социаллық тараў ҳәм инфраструктура объектлериниң ашылғаны, бир қатар заманласларымыз мәмлекетлик сыйлықларға миясар болғаны – байрамға және де кѳтериңки руўх ҳәм халқымызға жоқары кейпият бағышламақта.
Ҳүрметли Ўатанласлар!
Әлбетте, тынышлық ҳәм татыўлықта жасап атырған Ғәрезсиз елимизге бәрқулла усындай байрамлар жарасады.
Солай екен, бәршеңизди және бир мәрте Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллық байрамы менен қызғын кутлықлап, Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, елимиздиң гүллеп-раўажланыўы жолындағы ийгиликли ислериӊизде тасқын табыслар тилеймиз.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы