Бозатаў районының “Көк-суў” мәҳәллеси ушын жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылды
119

Бозатаў районы “Көк-суў” АПЖ аймағында Ферғана ўәлаяты ҳәкимлигиниң қәўендерлиги есабынан мәҳәлле имараты жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Усы мүнәсибет пенен жаңа имараттың ашылыў мәресими болып өтти.
Илажда шығып сөйлегенлер аймақ халқын ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллығы ҳәм жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен қутлықлады. Әлбетте, жаңа имарат мәҳәлле халқы ушын қолайлы шараят жаратып, пуқараларға хызмет көрсетиўдиң сапасын буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.

.jpg)