Бозатаў-Шымбай жолы қайта оңланып, пайдаланыўға тапсырылды

Бозатаў районын Шымбай районы менен ҳәмде “Еркиндәрья” АПЖның “Мәкке аўылы” ҳәм “Көкшийел” елаты аймақларын район орайы менен байланыстырыўшы 95В038 автомобиль жолының қурылыс жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды. Усы мүнәсибет пенен жолдың ашылыў мәресими болып өтти.
Ҳүрметли Президентимиздиң 49-санлы қарары тийкарында Бозатаў районын раўажландырыў бағдарламасы ушын қаржы ажыратылған болып, усы тийкарда 18 млрд. 870 млн. сум есабынан 95В038 автомобиль жолының 18,3 километр бөлегинде асфальт қапламасын төсеў жумыслары әмелге асырылды.
Қысқа мүддетте қурылыс жумыслары сапалы ҳәм өз ўақтында жуўмақланып, “Мәкке аўылы” ҳәм “Көкшийел” елаты халқы ушын және де қолайлы шараят жаратылды. Жолдың пайдаланыўға тапсырылыўы аймақларда транспорт қатнаўын жақсылаў, халық ушын қолайлықларды арттырыў ҳәм аўыллар арасындағы байланысларды беккемлеўге хызмет етеди.
.jpg)
.jpg)