Хожели районында жаңа саўда комплекси жумыс баслады

Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллық байрамы қарсаңында Хожели районында жаңадан бой тиклеген «ATBASAR» саўда комплекси пайдаланыўға тапсырылды.
Салтанатлы илажда кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм аймақ халқы қатнасты.
Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлары тийкарында берилген жеңилликлерден пайдаланып, 15 млрд. сум қаржы есабынан жаңа инвестициялық жойбар иске түсирилди.
Нәтийжеде 32 шақапшадан ибәрат болған саўда комлекси өз жумысын баслап, 100 ге жақын жаңа жумыс орны жаратылды.
Ашылыўда сөзге шыққанлар бундай объектлер районда хызмет көрсетиў тараўы раўажланыўына, аймақтың социаллық-экономикалық потенциалын арттырыўына салмақлы үлес қосатуғынлығын, бул өз нәўбетинде район халқы ушын байрам саўғасы болғанын атап өтти.

.jpg)
.jpg)