Ғәрезсизлик байрамы алдынан Төрткүл вокзалы жаңа көринисте пайдаланыўға тапсырылды

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы қарсаңында республикамыз бойлап жаңа социаллық ҳәм инфраструктуралық объектлер пайдаланыўға тапсырылмақта. Мине усындай объектлер қатарында Төрткүл темир жол вокзалының ашылыў мәресими болып өтти.
Атап өтиў орынлы, вокзал толық реконструкцияланып, жолаўшыларға хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм қолайлығын арттырыўға қаратылған заманагөй шараятлар жаратылды.
Реконструкция жумыслары шеңберинде вокзал имаратының ишки ҳәм сыртқы бөлеги жаңаланып, заманагөй күтиў залы шөлкемлестирилди, жаңа орынлықлар орнатылды, поездлердиң ҳәрекети ҳаққында оператив мағлыўмат бериўши электрон мәлимлеме таблосы енгизилди ҳәм бийпул интернет хызмети жолға қойылды.
Имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған жолаўшылар ушын да тийисли қолайлықлар жаратылды. Сыртқы аймақ абаданластырылып, көклемзарластырыў жумыслары әмелге асырылды. Соның менен бирге, вокзал аймағында усақлап сатыў, банкомат, байланыс үскенелери ҳәм офис хызметлериниң жумысы жолға қойылған.
.jpg)

.jpg)
.jpg)