Байрам қарсаңында Қарақалпақстан илимий-тәжирийбе станциясы пайдаланыўға тапсырылды

Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллық байрамы елимиз бойлап кеңнен белгиленбекте. Әсиресе, байрам алдынан жаңа социаллық ҳәм инфраструктура объектлериниң пайдаланыўға тапсырылып атырғаны ўатанласларымызға және де көтериңки кейпият бағышламақта.
Усындай әҳмийетли илажлардан бири Нөкис районы "Қутанкөл" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында болып өтти. Бул жерде Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети - GREEN UNIVERSITY ҳәм Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институты қурамындағы Қарақалпақстан илимий-тәжирийбе станциясының ашылыў мәресими өткерилди.
Бул объектти қурыў ушын 8 миллиард сум қаржы ажыратылған болып, илимий-тәжирийбе станциясының иске түсирилиўи Қарақалпақстанда экология, тоғайшылық, климат өзгериўи ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бағдарларында илимий-изертлеў жумысларын буннан былай да раўажландырыў ушын әҳмийетли қәдем болды.
.jpg)

.jpg)