Ең уллы ҳәм ең әзиз байрам мүнәсибети менен бир топар Ўатанласларымызға мәмлекетлик сыйлықлар тапсырылды

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз бес жыллығы мүнәсибети менен елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай мийнет етип атырған, ғәрезсизлигимизди еле де беккемлеў, өсип киятырған жас әўладты Ана-Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўда жемисли мийнет етип атырған бир қатар ўатанласларымызды сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ғәрезсизлигимиздиң отыз бес жыллығы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Өткерилген илажда Жоқарғы Кеңес Президиумы қарарына муўапық, елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы пидәкерли мийнетлери, жәмийетимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жас әўладты Ўатанды сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў ҳәмде жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилиги ушын бир топар ўатанласларымыз ҳүрметли атақлар ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, жасларымыз арасында кибержынаятларға қарсы гүресиў ҳәм наркоманияның аўыр ақыбетлери нәтийжесинде жүзеге келиўи мүмкин болған жағдайлардың алдын алыў бағдарында үгит-нәсият жумысларын кеңнен ен жайдырыў мақсетинде өткерилген «Нәшебентликке қарсы гүресиў» ҳәм «Кибержынаятқа қарсы гүресиў» таңлаўы жеңимпазларына ақшалай сыйлықлар тапсырылды.
.jpg)

.jpg)

.jpg)
.jpg)
.jpg)

