Әзиз Ўатанласлар!

Гүллəн халқымызды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм Министрлер Кеӊеси атынан елимиз тарийхындағы қутлы сәне, еӊ уллы ҳәм еӊ әзиз әййям – Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаймыз.
Быйылғы ғəрезсизлик байрамы «Бир Ўатан, бир халық болып, жаңа турмыс ҳәм келешек қурамыз!» деген терең мазмунлы идея астында өткерилиўи кѳп миллетли халқымызды — ана Ўатанымызды және де раўажландырыў жолында бирлестирип, бәршемизди ийгиликли ислерге руўхландырмақта.
Быйылғы байрам илажларын халқымыз ҳәр қашанғыдан да жоқары дәрежеде кутип алмақта.
Әсиресе, байрам мүнәсибети менен қала ҳам районларда, сондай-ақ, барлық мәҳәллелерде «Ғәрезсизлик тойлары» фестиваллары кѳтериңки руўхта ѳткерилгени, халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў жолында бир қатар әмелий илажлардың алып барылғаны байрамға және де кѳтериңки руўх ҳәм халқымызға жоқары кейпият бағышламақта.
Әзиз дослар!
Бəршеңизди және бир мәрте Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллық байрамы менен қызғын кутлықлаймыз.
Шаңарақларыңызға аманлық тилей отырып, елимиздиң және де гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы жолындағы барлық жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы