Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласындағы 34-санлы мектеп оқыўшыларын жаңа оқыў жылы менен қутлықлады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласындағы 34-санлы мектепте билим алып атырған оқыўшылар менен ушырасып, оларға жаңа оқыў жылында табыслар тиледи.
Дәслеп, ҳүрметли Президентимиздиң қутлықлаўы оқып еситтирилди.
Соның менен бирге, елимизде соңғы жыллары барлық тараўлар қатарында билимлендириў тараўында да алып барылып атырған реформалар, жаслардың терең билим алыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди.
Буннан соң мектепте билим берип атырған оқытыўшылар менен жақыннан пикирлесилди. Оларға миннетдаршылық билдирип, елимиз жаслары арасынан жоқары нәтийжелерге ерисетуғын жаслар еле де көплеп жетисип шығатуғынлығы айрықша тилге алынды.
Өткерилген илажда биринши қоңыраў қағылды.
Илаж даўамында 1-классқа қәдем қойып атырған оқыўшыларға «Президент саўға»лары тапсырылды.

.jpg)
.jpg)
.jpg)
