Әмиўдәрьяда жаңа мектеп имараты пайдаланыўға тапсырылды
336

Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллығы мүнәсибети менен Әмиўдәрья районында қурылыс жумыслары избе-из даўам етпекте.
Әлийшер Наўайы атындағы мәҳәлледе жайласқан 30-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 660 орынлық жаңа қосымша имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Бул имараттың қурылысына 8,6 млрд. сумнан аслам қаржы қаратылды.
Жаңа имараттың ашылыў мәресиминде қатнасыўшылар жаратылған заманагөй шараятлар оқыўшылардың сапалы билим алыўы ҳәм билимлерин және де арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
.jpg)
.jpg)