Жаңа Өзбекстан мектеп босағасынан басланады

Ҳүрметли Президентимиздиң билимлендириў тараўына қаратып атырған итибары ҳәм қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде бүгинги күнде көплеген билимлендириў дәргайларында жаңадан оқыў имаратлары қурылып, шараятлары жақсыланбақта.
Ғәрезсизлик байрамы белгиленип атырған бүгинги күнде Беруний районы Абай аўыл пуқаралар жыйынындағы 68-санлы улыўма билим бериў мектебинде ири оңлаў жумыслары алып барылды ҳәм 120 орынлық қосымша имарат, 12х24 өлшемдеги спорт зал қурылып, жаңа оқыў жылында оқыўшылардың пайдаланыўы ушын салтанатлы түрде тапсырылды.
Мектептиң оңланыўы ҳәм қосымша имарат қурылыўы ушын инвестиция бағдарламасы тийкарында 4,5 млрд. сум қаржы ажыратылды. Барлық заманагөй шараятлар жаратылды. Аймақтың белсенди нураныйлары ҳәм мектеп жәмәәти қатнасыўында болып өткен ашылыў илажында Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллық байрамына бул имарат мүнәсип саўға болғаны айрықша атап өтилди.


