Ортақалада заманагөй мәҳәлле турмыслық хызмет көрсетиў орайы жумыс баслады

Бүгинги күнде елимизде Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллығы кең түрде белгиленип атырған болып, усындай байрам илажлары қатарында Әмиўдәрья районының Ортақала аўылы аймағында мәҳәлле турмыслық хызмет көрсетиў орайы пайдаланыўға тапсырылды.
Бул мәҳәлле комплекси ҳүрметли Президентимиздиң «Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў қорының қатнасыўында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында қурылды.
3,6 млрд. сум қаржы есабынан қурылған комплексте халыққа хызмет көрсетиў ушын ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар шаштәрезханасы, компьютер ханасы, оқыў орайы, спорт залы, тигиўшилик ханасы, нанбайхана сыяқлы хызметлер шөлкемлестирилген.
Жаңа орай мәҳәлле халқына қолайлы ҳәм сапалы хызмет көрсетиў менен бирге, жаңа жумыс орынларын жаратыў, жаслар ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге де хызмет етеди.