«Перспективалы мәмлекетлик хызметкер» таңлаўы жеңимпазлары сыйлықланды
.jpg)
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги менен биргеликте «Перспективалы мәмлекетлик хызметкер» таңлаўы өткерилген еди.
Таңлаў жуўмақлары бойынша жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги директорының орынбасары А.Салихов қатнасты.
Таңлаў 5 басқышта шөлкемлестирилген болып, оның мақсети - жас, потенциаллы кадрларды мәмлекетлик хызметке тартыў, олардың кәсиплик компетентлигин, жетекшилик қәбилетин раўажландырыў арқалы мәмлекетлик басқарыўда проактивликке, нәтийжелиликке хызмет ететуғын кадрлар корпусын қәлиплестириў болып есапланады.
Өткерилген илажда таңлаў нәтийжелери жәрияланып, жеңимпазлар сыйлықланды ҳәм оларға бир мәртелик ақшалай сыйлық ҳәм Жоқарғы Кеңестиң Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
.jpg)

.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
