Елликқаладағы «Жаңа Өзбекстан» массивинде және 2 көп қабатлы жай пайдаланыўға тапсырылды

Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллығы кеңнен белгиленип атырған усы қутлы күнлерде Елликқала районында халық ушын мүнәсип ҳәм заманагөй жасаў шараятларын жаратыўға қаратылған дөретиўшилик жумыслары даўам етпекте.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2024-жыл 30-апрельдеги 70-санлы Пәрманының орынланыўы шеңберинде «Елликқала» АПЖ аймағындағы 10 гектар жер майданында «Жаңа Өзбекстан» массиви шөлкемлестирилген еди.
Бас режеге муўапық, массивте жәми 1 060 квартирадан ибарат 5 ҳәм 7 қабатлы 28 турақ жай, сондай-ақ, мектеп, мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм заманагөй дем алыў бағы қурылыўы режелестирилген болып, 2024-2025-жылларда массивте 4 ҳәм 5 қабатлы, 120 квартиралы турақ жай қурылды ҳәм пайдаланыўға тапсырылды.
Бүгинги күнге келип, дөретиўшилик жумыслардың гезектеги нәтийжеси сыпатында және жәми 50 квартиралы 2 көп қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылды ҳәм ашылыў илажы қатнасыўшылары жаңа турақ жайларда жаратылған шараятлар менен танысты.
Ҳәзирги ўақытта массивте және 5 ҳәм 7 қабатлы, 334 квартирадан ибарат 10 турақ жайларда, сондай-ақ, 660 орынлық заманагөй улыўма билим бериў мектебинде қурылыс жумыслары даўам етпекте.