Шарўашылық тараўында субсидиялар ажыратылады
434

«Шарўашылық тармағы жойбарларын қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-293-санлы, 05.08.2026-ж.) қабыл етилди.
- Қарарға муўапық, 2026-жыл 1-сентябрьден 2030-жыл 1-январьға шекем Аграр тараўда төлемлер агентлиги тәрепинен Мәмлекетлик бюджет есабынан нәсилшилик хожалықларына өсириўге қалдырылған идентификацияланған нәсилли қарамалларды сақлаў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаўға ҳәр бир дәўир ушын өз алдына төмендеги муғдарларда субсидия ажыратылады:
- биринши нәсилли урғашы бузаў алынғанда - 1,5 млн сум;
- екинши нәсилли урғашы бузаў алынғанда - 2 млн сум;
- алынған бузаў 12 айлыққа шекем сақланғанда - 1 млн сум;
- алынған бузаў 12 айдан 18 айлыққа шекем сақланғанда - 1 млн сум.