Туристлик стартаплары ушын субсидия бериледи
400

Ҳүкимет қарары менен (443-санлы, 18.08.2026-ж.) "Туристлик стартапларды - жаңа түрдеги туризм хызметлерин ислеп шығып, әмелиятқа енгизиўге байланыслы қәрежетлердиң бир бөлегине субсидия ажыратыў бойынша мәмлекетлик хызметти көрсетиў"диң админстративлик регламенти тастыйықланды.
- Регламентке муўапық, қәрежетлерди қаплаў мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса БИМХП (my.gov.uz) арқалы Туризм комитети (Комитет) тәрепинен әмелге асырылады.
- Онда стартапты ислеп шығып, әмелиятқа енгизиўге байланыслы қәрежетлердиң 50 проценти, бирақ, 1 млрд. сумнан көп болмаған муғдарда ҳәр жылы ең жақсы 10 стартапқа шекем субсидия ажыратылады.