Жаңаланған Туран стадионында биринши футбол ушырасыўы 13-сентябрьде болып өтеди
339

Жақында Нөкис қаласындағы Туран стадионы толық оңлаўдан шығарылып, пайдаланыўға тапсырылған еди. Ендигиден былай усы аренада профессионал футбол ушырасыўларын өткериў ушын барлық шәраятлар бар.
Жаңаланған Туран стадионында Пролиганың 19-турынан орын алған «Арал» - «Лочин» командалары арасындағы ушырасыў өткериледи. Ойын 13-сентябрь – екшемби күни болып өтеди.
Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде Про Лига ойынларында «Арал» футбол командамыз 17-тур ойынлары жуўмағы менен жәми 42 очко жыйнап, жетекшиликти қолдан бермей келмекте.
Бәрше футбол ықласбентлерин Туран стадионында командамызды қоллап-қуўатлаўға шақырып қаламыз.