Германия Халықаралық бирге ислесиў жәмийети ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Германия Халықаралық бирге ислесиў жәмийети (ГИЗ) ўәкиллери менен ушырасты.
Ушырасыўда Германия Федератив Республикасы ҳәм Өзбекстан Республикасы арасында орнатылған жақын шериклик қатнасықлары ҳәм усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы менен де бирге ислесиўлер жолға қойылғанлығы атап өтилди.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы Президентимиз басшылығында бүгинги күнде елимизде алып барылып атырған жумыслар, кең көлемли реформалар, Аралбойы аймағын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў ҳәм усы сыяқлы әҳмийетли илажлар ҳаққында атап өтти.
Соның менен бирге, Германия мәмлекетиниң қатнасыўындағы жойбарлар тийкарында экономикалық раўажланыўға көмеклесиў, экология, медицина, профессионал тәлим жөнелиси бойынша Қарақалпақстанда да бир қатар жумыслар әмелге асырылғанлығы айрықша тилге алынып, биргеликте жаңа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери талқыланды.
.jpg)
