НМПИ академиялық лицейи оқытыўшысы Гүлчеҳра Бекниязова халықаралық таңлаўда жеңимпаз болды
219

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты академиялық лицейиниң физика пәни оқытыўшысы Гүлчеҳра Бекниязова Францияның Париж қаласында өткерилген абыройлы «The Best Education Project International» халықаралық таңлаўында жеңимпаз болды.
Ол усы халықаралық таңлаўда заманагөй педагогикалық қатнас – физиканы оқытыўда реал ҳәм виртуал лабораторияларды бирлестириўге бағдарланған инновациялық илимий мақаласы менен қатнасып, халықаралық экспертлер тәрепинен жоқары баҳаланды.
Халықаралық таңлаў жуўмағында Гүлчеҳра Бекниязова I дәрежели диплом, Халықаралық илим, мәденият ҳәм көркем өнер академиясы (IASCA) тәрепинен алтын медаль, сондай-ақ, естелик белгиси менен сыйлықланды.