Теннис спорт түри ғалабаласады

«Теннис спорт түрин ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-347-санлы, 21.09.2026-ж.) қабыл етилди.
🔰 Қарарға муўапық, төмендегилер теннис спорт түрин ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыўдың 2030-жылға шекемги тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип белгиленди:
🔹 теннис пенен турақлы шуғылланыўшылар санын 3 000 ға шекем жеткериў;
🔹 теннис бойинша тренерлер санын 200 ге жеткериў;
🔹 теннис спорт түри бойинша Азияда топ-5 ликке кириў;
🔹 теннис спорт түрин перспективалы спорт түрлери қатарына киргизиў илажларын көриў.
✅ 2026-жыл 1-октябрьден дәстүрий түрде Өзбекстан Республикасында теннис бойынша төмендеги жарысларды өткерип барыў жолға қойылады:
🔸 Профессионал теннисшилер ассоциациясы (ATP) ҳәм Ҳаял-қызлар тенниси ассоциациясы (WTA) және Халықаралық теннис федерациясы (ITF) қәўендерлигинде өткерилетуғын халықаралық теннис жарыслары;
🔸 жаслар ҳәм үлкенлер арасында Өзбекстан кубоги;
🔸 жаслар, жас өспиримлер ҳәм үлкенлер арасында Республика чемпионаты;
🔸 үлкенлер арасында «Uzbekistan open» халықаралық турнири;
🔸 Еркеклер арасында «ATP Challenger» халықаралық жарысы.