Улыўма орта билим бериў шөлкемлеринде «Juniors Tennis Initiative» бағдарламасы енгизиледи

Қарарға муўапық, 2027-жыл 1-январьдан улыўма орта билим бериў шөлкемлеринде «Juniors Tennis Initiative» бағдарламасы енгизиледи. Онда бағдарлама шеңберинде:
🤓 1-4-класс оқыўшылары ушын дене тәрбиясы сабақларында тенниске қызығыўшылықты қәлиплестириў бойынша басланғыш шынығыўлар жолға қойылады;
🤓 оқыўшылардың тенниске қызығыўшылығы ҳәм де спорт инфраструктурасы бар екенлигине қарап теннис раўажландырылатуғын улыўма орта билим бериў шөлкемлери таңлап алынады;
🤓 таңлап алынған улыўма орта билим бериў шөлкемлеринде теннис бойынша спорт секциялары шөлкемлестириледи ҳәм олардың материаллық-техникалық базасы жақсыланып, спорт инвентарьлары, соның ишинде, «tennis wall» үскенелери менен Өзбекстан теннис федерациясы қаржылары есабынан үскенеленеди;
🤓 шынығыўлар таңланған улыўма орта билим бериў шөлкеми жайласқан аймақтағы спорт мектебинен тартылған тренерлер тәрепинен алып барылады.
📖 Қарар менен 2023-жыл 7-апрельдеги ПҚ-114-санлы қарарының 7-қосымшасының 9 ҳәм 10-бәнтлериндеги муғдарларға төмендегише өзгерислер киргизилди:
🔸 9. Азия ҳәм Параазия ойынларының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери төмендеги муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди:
▫️ алтын медаль ушын - 25 000 АҚШ доллары;
▫️ гүмис медаль ушын - 12 500 АҚШ доллары;
▫️ броньза медаль ушын - 6 250 АҚШ доллары.
🔸 10. Азия ҳәм Параазия ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын иелери болған спортшыларды таярлаған тренерлер төмендеги муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди:
▪️ алтын медаль ушын - 10 000 АҚШ доллары;
▪️ гүмис медаль ушын - 5 000 АҚШ доллары;
▪️ бронза медаль ушын - 2 500 АҚШ доллары.