Президентимиз тәрепинен берилген сыйлықлар өз ийелерине тапсырылды

Жақында ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына келген еди. Қарақалпақстанға сапар шеңберинде «Coals KS» кәрханасы жумысы менен танысыў барысында Анвар Шукуровти излениўшеңлик ҳәм басламашылық пазыйлетлери менен кең тармақлы исбилерменлик жумысын жолға қойып, көплеген әҳмийетли инвестициялық жойбарларды табыслы әмелге асырып киятырғаны ушын «Ўзбекистон Республикасида хизмат кўрсатган ихтирочи ва рационализатор» ҳүрметли атағы менен сыйлықлаў ҳаққында тапсырма берди.
Сондай-ақ, Нөкис районы «Дийқан арна» мәҳәллесинде пал ҳәррешилик пенен шуғылланып киятырған Жубаев Бахтиярдың шаңарағында болды ҳәм мәмлекетимизде исбилерменлерге жаратылған кең имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, өзиниң излениўшеңлиги ҳәм исбилерменлиги менен елимизде пал ҳәррешиликти раўажландырыў, жәмийетте өз-ара аўызбиршилик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеўдеги хызметлерин атап өтти ҳәм мийнеткеш исбилерменди «Дўстлик» ордени менен сыйлықлаў бойынша тапсырма берди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы пәрманлары тийкарында Шукуров Анвар Исматовичке «Ўзбекистон Республикасида хизмат кўрсатган ихтирочи ва рационализатор» ҳүрметли атағын, Жубаев Бахтияр Тайлаковичке «Дўстлик» орденин тапсырды.
Онда жыйналғанлар бул берилген сыйлықлар ҳүрметли Президентимиздиң халқымызға болған айрықша итибары ҳәм ғамхорлығының және бир көриниси екенлигин атап өтип, мәмлекетимиз басшысына шексиз миннетдаршылығын билдирди.

