«Дузды қайта ислеў бойынша халықаралық инвестиция форумы»ның ашылыўына арналған илаж болып өтти

Бүгин Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде «Дузды қайта ислеў бойынша халықаралық инвестиция форумы»ның ашылыўына арналған илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, қатнасыўшыларды форум ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтиў орынлы, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен халықаралық экономикалық қатнасықларды раўажландырыўға, Қарақалпақстанның инвестициялық тартымлығын арттырыўға, аймақта исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Бүгинги халықаралық форум жумысы да усындай илажлардың нәтийжеси болып, онда 20 ға жақын мәмлекеттен 100 ден артық инвесторлар қатнаспақта.
Өткерилген форум шеңберинде аймағымыздың бар болған потенциалы, инфраструктуралық артықмашылықлары, берилген жеңилликлер, сондай-ақ, алтын, мыс, магний, кобальт, никель, кварц, бентонит ҳәм басқада минераль шийки затлар кәнлерине ийе екенлиги, соның ишинде дерлик таўсылмас резервке ийе 110 мың гектарда жайласқан «Барсакелмес» дуз кәниниң имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берилди.
Буннан соң B2B форматындағы ушырасыўлар өткерилип, онда перспективалы жойбарлар бойынша сөйлесилди.




.jpg)


.jpg)