Муҳаммед Әлийге Президент саўғасы ҳәм минетдаршылық хаты тапсырылды

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары ўақтында социаллық тармақларда Муҳаммед Әлий атлы баланың ҳақ кеўил, пәк қәлби ҳәм Ўатанға болған меҳри менен Президентимиз бенен ушырасыўға болған нийети, билдирген пикирлери көпшиликтиң меҳири ҳәм итибарын тартқан еди.
Бүгин Муҳаммед Әлийге ҳүрметли Президентимиз оның балаларша пәк қалби менен жоллаған видеомүрәжатын көргенин ҳәм буннан жүдә кеўли толғанын айтып, «Сен де үлкейгениңде ата-бабаларымызға мүнәсип, ел-журтына пайдасы тийетуғын инсан болыўыңды қәлеймен» деген жыллы сөзлер менен миннетдаршылық хаты жетип келди.
Ҳүрметли Президентимиздиң миннетдаршылық хаты ҳәм саўғалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде салтанатлы түрде тапсырылды.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев ҳүрметли Президентимиздиң шын кеўилден жазылған миннетдаршылығын оқып еситтирди.
Сондай-ақ, Муҳаммед Әлийге өз алдына Президент саўғасы ҳәм оның ата-анасы, тәрбия алып атырған мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине Президент саўғалары тапсырылды. Буннан тысқары, балажанның тәрбияшысы Гүлбахар Сапароваға Жоқарғы Кеңестиң Президиум қарары менен «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси тапсырылды.





.jpg)
.jpg)
.jpg)
