Сырт елли инвесторлар «Барсакелмес» дуз кәниниң имканиятлары менен танысты

Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде «Дузды қайта ислеў бойынша халықаралық инвестиция форумы»ның ашылыўына арналған илаж болып өткен еди.
Бул халықаралық форумда 20 ға жақын мәмлекеттен 100 ден артық инвесторлар қатнасып, онда перспективалы жойбарлар үстинде бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
Сондай-ақ, дерлик таўсылмас резервке ийе «Барсакелмес» дуз кәниниң имканиятлары инвесторлар тәрепинен орнына барып көрилди.
Атап өтиў орынлы, «Барсакелмес» дуз кәниниң улыўма майданы 110 мың гектарды қурап, бүгинги күнде оның тек 10 мың гектарға жақын бөлеги ғана өзлестирилген.
Мине усындай шийки зат базасы негизинде кеминде 19 түрдеги химиялық таяр өним ислеп шығарыў мүмкиншилиги бар.
Өз нәўбетинде, сырт елли бирге ислесиўшилер дуз кәни имканиятларын көзден өткерип, бул резерв имканиятларынан еле де кеңирек пайдаланыў ҳәм жаңа жойбарлар әлбетте, иске қосылыўы керек екенлигин атап өтти.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
