Халықаралық форум шеңберинде әҳмийетли келисимлерге ерисилди

Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде Өзбекстан (Қарақалпақстан) – Қытай аймақлар аралық саўда-экономикалық форумы өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды форум ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлады.
Өткерилген форумда Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары И.Касимов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, исбилерменлер, Қытай мәмлекетинен келген инвесторлар қатнасты.
Соны айрықша айтыў керек, еки мәмлекет басшылары арасындағы дослық қатнасықлары нәтийжесинде соңғы жыллары Өзбекстан-Қытай арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўлер жаңа басқышқа көтерилип бармақта.
Өткерилген форумда мине усы бағдардағы иләжлардан бири болып, онда 400 ге жақын исбилерменлер қатнасты. Форумда Қарақалпақстанның бар болған потенциалы, аймақ ушын өз алдына берилген жеңилликлер, жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын себеп бола алатуғын артықмашылық тәреплери атап өтилди.
Форум шеңберинде таў-кән санааты, геология, IT, аўыл хожалығы ҳәм басқа да бағдарлар бойынша 31 инвестициялық жойбар шеңберинде 410 миллион долларлық келисимлерге қол қойылды.
.jpg)
.jpg)


.jpg)
.jpg)
.jpg)

.jpg)