Хожели районында Жаслар социаллық-экономикалық орайының қурылыс жумыслары басланды

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапары даўамында Қарақалпақстанда 47 жаңа жойбарға старт берилген еди. Бүгин Хожели районында усы жойбарлардың бири яғный, Жаслар социаллық-экономикалық орайының қурылыс жумысларының басланыўына арналған салтанатлы мәресим болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа жойбар басланыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Нөкис қаласынан 8 километр, Хожели районы орайынан 5 километр узақлықта жайласқан бул жойбардың улыўма майданы 152 гектарды қурап, бул жерде тек турақ жайлар ғана емес, заманагөй қалаша қурыў режелестирилген.
Атап айтқанда, балалар бақшасы, мектеп, емлеўхана, саўда объектлери, мийманхана, спорт комплекси ҳәм дем алыў зоналары жаратылыўы нәзерде тутылған. Қалашада улыўма 221 көп қабатлы турақ жай қурылып, нәтийжеде 47 мыңнан аслам халықты қолайлы турақ жай менен тәмийинлеў имканияты жаратылады.
Бүгинги илажда усы үлкен жойбардың биринши басқышы басланып, онда қытайлы инвесторлар тәрепинен 7 қабатлы 38 турақ жай, 3 саўда комплекси, сондай-ақ, бетон өнимлери ҳәм басқа да ислеп шығарыў кәрханаларын қурыў режелестирилген.
Албетте, бул жаңа жойбар нәтийжели әмелге асырылып, халқымыз ийгилиги жолында хызмет етеди.






.jpg)
