Нөкис қаласында U-17 жаслар арасында футбол бойынша Өзбекстан чемпионаты өткериледи
305

Усы жылдың 15-20-октябрь күнлери Нөкис қаласында U-17 жаслар арасында футбол бойынша Өзбекстан чемпионаты ойынлары болып өтеди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы, ўалаятлар ҳәм Ташкент қаласы жасларынан дүзилген жәми 15 команда өз-ара беллеседи.
Ойынлар Нөкис қаласындағы Туран стадионы, Нөкис Олимпия ҳәм Паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайы стадионы ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы футбол академиясы майданларында болып өтеди.
20-октябрь күни Туран стадионында жеңимпазлар салтанатлы түрде сыйлықланады.