Корея мәмлекетиниң Андон қалалық кеңесиниң ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов Корея мәмлекетиниң Кёнсан-Пукто ўәлаяты Андон қалалық кеңесиниң ўәкиллери менен ушырасты.
Ушырасыўда дәслеп, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары, халқымыздың турмыс абаданлығын тәмийинлеў, регионда исбилерменликти раўажландырыў, инвестиция тартымлылығын арттырыў бағдарында қабыл етилген қарар-пәрманлар ҳәм усы тийкарда жаратылған мүмкиншиликлер айрықша атап өтилди.
Онда Қубла Корея ҳәм Өзбекстан, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасы арасындағы халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде сөз етилди.
Сондай-ақ, көп қырлы бирге ислесиў, жасларды жумыс пенен тәмийинлеў, өндирислик маманлығын арттырыўы ушын мүмкиншилик жаратыў сыяқлы жөнелислерде биргеликте жойбарларды әмелге асырыў мәселелери талқыланды.
Буннан тысқары, регионымыздың бар болған потенциалы, Андон қаласы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасында мәденият, туризм, экология ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиў имканиятлары кең түрде талқыланып, жақын мүнәсибетлерди еле де беккемлеў жолында әмелий илажлар даўам еттирилетуғынлығы атап өтилди.
Өз нәўбетинде Делегация ағзалары жыллы жүз бенен қутип алғаны ушын өз миннетдаршылығын билдирди.



.jpg)

