«Қарақалпақстан Республикасында Азия Раўажланыў Банки күнлери» медиа-миссиясы басланды

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген 10-санлы пәрманында Азия Раўажланыў Банки менен «экономикалық өсиў коридоры» жантасыўы тийкарында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў бойынша меморандумға қол қойыў ўазыйпасы белгиленген еди.
Белгиленген тапсырмалардың орынланыўы шеңберинде усы жылдың 14-16-октябрь күнлери Азия Раўажланыў Банкиниң (АРБ) Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте «Қарақалпақстан Республикасында Азия Раўажланыў Банки күнлери» медиа-миссиясы өткерилмекте.
Миссия шеңберинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ушырасыў өткерилди.
Онда Азия Раўажланыў Банкиниң Өзбекстандағы турақлы ўәкилханасы баслығы Канокпан Лао-Арая, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары А.Шамуратов ҳәм А.Кайпназаровлар қатнасты.
Илажда бүгинги күнде елимизде халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў, инфраструктура менен байланыслы машқалаларға шешим табыў бағдарында кең көлемли илажлар даўам еттирилип, бунда Азия Раўажланыў Банкиниң қатнасыўында әмелге асырылып атырған ири жойбарлар үлкен әҳмийетке ийе болып атырғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, бундай жойбарларды турмысқа енгизиў бағдарында буннан-былайда жақын шериклик қатнасыклары даўам еттирилетуғынлығы айрықша тилге алынды.
Өткерилген илаж шеңберинде Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға көмеклесиў бағдарында әҳмийетли меморандумға қол қойылды.



.jpg)