Пуқаралардың дәраматын арттырыў бағдарында әмелий жумыслар даўам еттирилмекте

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасына тийкар бүгинги күнде «Кәмбағаллықтан – абаданлыққа қарай» ҳәрекети даўам еттирилип, усы тийкарда орынларда жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, жәрдемге ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж халық қатламының дәраматын арттырыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Мине усындай ийгиликли баслама тийкарында Хожели районында бос жумыс орынлары ҳәм үй шараятында киши бизнес пенен шуғылланыў ушын арнаўлы әсбап-үскенелер ярмаркасы өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, өз исбилерменлигин баслап, дәраматын арттырыў қәлеўшилиги бар пуқаралар ушын барлық жәрдемлер көрсетилетуғынлығын атап өтти.
Ярмаркада сондай-ақ, жумыссыз ҳәм социаллық реестрге киргизилген халық қатламы ушын мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған барлық жеңилликлер, субсидиялар ҳәм жәрдем түрлери толық түсиндирилди, зәрүр мағлыўматлар берилип, имканиятлар көрсетилди.
Буннан тысқары, үй шараятында өз бизнесин баслап, қосымша дәрамат алыў нийетинде болған пуқаралар ушын сол орынның өзинде арнаўлы әсбап-үскенелер тарқатылды.



.jpg)
.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)