Шоманай районында пухаралардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған ярмарка шөлкемлестирилди

Бүгинги күнде пухаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың қосымша дәрамат алыўына ҳәм өз исбилерменлигин баслаўына көмеклесиў бағдарында бир қатар әмелий илажлар алып барылмақта.
Усындай басламалар қатарында бүгин Шоманай районында «Кәмбағаллықтан – абаданлыққа қарай» ҳәрекети шеңберинде бос жумыс орынлары ҳәм үй шараятында киши бизнес пенен шуғылланыў ушын арнаўлы әсбап-үскенелер ярмаркасы өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, өз исбилерменлигин баслап, дәраматын арттырыў қәлеўшилиги бар пуқаралар ушын барлық жәрдемлер көрсетилетуғынлығын атап өтти.
Ярмаркада сондай-ақ, жумыссыз ҳәм социаллық реестрге киргизилген халық қатламы ушын мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған барлық жеңилликлер, субсидиялар ҳәм жәрдем түрлери толық түсиндирилди, зәрүр мағлыўматлар берилип, имканиятлар көрсетилди.
Буннан тысқары, үй шараятында өз бизнесин баслап, қосымша дәрамат алыў нийетинде болған пуқаралар ушын сол орынның өзинде арнаўлы әсбап-үскенелер тарқатылды.


.jpg)


.jpg)

.jpg)
