Шоманай районында пән олимпиадасының жеңимпазлары сыйлықланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қатнасыўында Шоманай районында пән олимпиадасының районлық басқышында жеңимпаз болған оқыўшылар ҳәм олардың устазларын сыйлықлаўға арналған илаж болып өтти.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде елимизде жас әўладтың билим алыўы, интеллектуаллық потенциалын арттырыўы ҳәм өз талантын жүзеге шығарыўы ушын жаратылып атырған кең имканиятлар ҳаққында айрықша атап өтти.
Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жасларға қаратылып атырған жоқары итибар, билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар жаслардың терең билим алыўы, заманагөй кәсип-өнерлерди ийелеўи ҳәм келешекте Ўатанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын жетик инсан болып кәмалға келиўинде тийкар болып хызмет етпекте.
Бүгинги илаждай пән олимпиадасының жеңимпазларын хошаметлеў оқыўшыларды және де көбирек излениўге, жаңа шеклерди ийелеўге баслаў менен бирге, олардың тәлим-тәрбиясына мийнетин бағышлап атырған устазлардың хызметлерин қәдирлеўдиң әҳмийетли көриниси болып есапланады.
Ҳақыйқатында да, бундай итибар ҳәм хошаметлеў жаслардың илимге болған қызығыўшылығын және де арттырып, қәбилетли оқыўшыларды қоллап-қуўатлаў, сапалы билимлендириўди раўажландырыў және келешекте жетик ҳәм маман кадрларды тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе есапланады.
.jpg)


.jpg)