Қараөзек районында әмелге асырылып атырған жумыслар барып көрилди

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов Қараөзек районында болып, әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты.
Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен қала ҳәм районларымызға бириктирилген ўәлаятлар тәрепинен әмелий илажлар даўам еттирилмекте. Усы қатарда, бүгинги күнде Қараөзек районында Наманган ўәлаяты тәрепинен драйвер жойбарларды әмелге асырыў, хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў мақсетинде 42 жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған жәми 14 дана хызмет көрсетиў киши жойбары шөлкемлестирилмекте.
Сондай-ақ, «Қутлы мәкан» мәҳәллесинде 6 млрд. сумлық жаңадан амфитеатр, 3 млрд. сумлық китапхана, 1,5 млрд. сумлық «Ғәрезсизлик гүзары» мәҳәллесинде мәҳәлле имаратын қурыў белгиленген.
Буннан тысқары, районда Президентимиздиң 49-санлы қарары тийкарында орайдағы коллектор орнында жабық дренаж системасын қурыў, «К. Камалов» ҳәм «Райхан» көшелерин халық сейил ететуғын орынға айландырыў, сондай-ақ, заманагөй саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў, «Нөкис-Тахтакөпир» жолы бойындағы жаслар аллеясын қайта оңлаў жумыслары әмелге асырылып, 15 млрд. сумлық жаңа тойхана хызметин шөлкемлестириў жойбары да даўам еттирилмекте.
Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты, «Жәҳәнгер Қәллибек» жеке меншик агрофирмасы жумысларын барып көрди.
Бул жойбардың әмелге асырылыўы районда хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыўға, халық ушын қолайлы шараятлар жаратыўға ҳәм жаңа жумыс орынларын ашыўға хызмет ететуғынлығын атап өтти.
.jpg)

.jpg)

.jpg)

.jpg)