Туран стадионында Нөкис дербиси өткериледи
284

Усы жылдың 18-октябрь күни Туран стадионында Өзбекстан Про Лигасының өзине тән ойыны болып өтеди.
Футбол ықласбентлери ушын қызықлы ойын болыўы күтилмекте.
Онда «Арал» командасы 23-тур шеңберинде республикамыздың және бир командасы «ҚМУ Жайхун»ға қарсы майданға түседи.
Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде Про Лига ойынларында «Арал» футбол командамыз 22-тур ойынлары жуўмағы менен жәми 55 очко жыйнап, жетекшиликти қолдан бермей келмекте.
Ал, «ҚМУ Жайхун» командамыз болса, 24 очко топлап, Про Лигадағы ойынларын даўам еттирмекте.
Бәрше футбол ықласбентлерин Туран стадионына шақырып қаламыз.