Футбол бойынша Қарақалпақстан XXXIII чемпионаты жеңимпазлары анықланды

Бүгин Нөкис қаласындағы Туран стадионында Қарақалпақстан XXXIII чемпионатының финал ойыны болып өтти.
Онда Кегейли районының «Дослық» ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң «МВД» командалары чемпионлық кубоги ушын майданға түсти.
Ойын оғада қызғын мәўритлерге бай түрде өтти. Дәслеп, «Дослық» командасы қарсыласы дәрўазасына 1-топты киргизди ҳәм ойын басламасын қолға алды. Буннан соң, «МВД» командасы өз дәрўазасынан 2-топты да алып шықты. Ойын жуўмақланыўы алдынан арадағы парқ қысқартылыўына ерисилди. Ойын жуўмағында 2:1 көринисинде «Дослық» командасы жеңимпаз болды.
Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында сыйлықлаў мәресими өткерилди.
Қарақалпақстан XXXIII чемпионатында сыйлы 3-орынды Әмиўдәрья районының «Әмиўдәрья» командасы, 2-орынды Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң «МВД» командасы қолға киргизди ҳәм оларға медаль, баҳалы саўғалар тапсырылды.
Ал, Чемпионат жеңимпазы есапланған Кегейли районының «Дослық» командасына медаль, баҳалы саўғалар сондай-ақ, бас сыйлық Cobalt автомашинасы тапсырылды.
Буннан кейин, Кушмаг Қарақалпақстан кубогы жеңимпазлары да сыйлықланды.
Онда 2-орынды ийелеген «ҚМУ» командасына медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылған болса, Қарақалпақстан кубогы финалда жеңимпаз болған Кегейли районының «Дослық» командасына тапсырылды.
Буннан тысқары, «Ең жақсы тренер», «Ең жақсы дарўазаман», «Ең жақсы топ урар», «Ең жақсы футболшы» сыяқлы Чемпионат номинациялары ийелери де мүнәсип хошаметленди.
Соны айрықша айтыў керек, Чемпионат жеңимпазы болған Кегейли районының «Дослық» командасы усы жылдың ноябрь-декабрь айларында 1-Лигаға өтиў ушын өткерилетуғын турнирде қатнасады.


.jpg)
