Ҳүрметли Ўатанласлар, қәдирли футбол ықласбентлери!

Сизлерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан «Арал» футбол клубымыздың мүддетинен алдын Про Лига жеңимпазлығын қолға киргизгени ҳәмде Суперлигаға жоллама алғаны мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.
Әлбетте, 25 жыллық тәнепистен соң командамыздың Суперлигаға қайтыўы ҳүрметли Президентимиздиң итибары, жаңаланған Туран стадионының пайдаланыўға тапсырылып, онда мәмлекетимиз басшысының тиккелей өзи келип футболшыларымыз бенен ушырасыўы, сондай-ақ, Администрация басшысының қоллап-қуўатлаўының, усы қатарда жоқары дәрежедеги таярлық, аянбай қылынған мийнетлердиң жемиси болды.
Өткен 23 тур даўамында командамыз өзиниң жанкүйер ықласбентлери ушын жоқары дәрежедеги таярлығы менен мүнәсип ойын көрсетти. Бүгин және бир үмитли командамыз «ҚМУ Жайхун» үстинен ерисилген жеңиси менен мүддетинен алдын кубогты нақ қыла алды.
Әлбетте, командамыз алдағы Суперлига ойынларында да табыслы қатнасып, өз ықласбентлери ушын мүнәсип ойын көрсетиўин тилеп қаламыз.
Ҳүрметли Ўатанласлар!
Сизлерди және бир мәрте командамыздың Суперлигаға мүддетинен алдын шығыўы ҳәм Про Лига кубогын қолға киргизиўи мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.
Командамыздың жеңисли жүрислери буннан кейин де даўамлы болсын!
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы