Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он төртинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме

Усы жылдың 19-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он төртинши сессиясы өткерилди. Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес депутатлары қатнасты.
Дәслеп Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылды.
Сессия күн тәртибиндеги дәслепки мәселе «Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Б.Сейтназаров баянат жасады.

Күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен мақулланып, қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы А.Атажанов баянат жасады.
Бул мәселе де толық қарап шығылып, депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Бюджет дәраматлары режесиниң орынланыўы ҳәм салық қарыздарлықларын кемейтиўде әмелге асырылған жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасына жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжеси туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы баслығы Э.Нарманов баянат жасады.

Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Сессиядағы гезектеги мәселе Қарақалпақстан Республикасында халықты жәмийетлик транспорт пенен тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри Б.Сейтмуратов баянат жасады.
Бул мәселе де депутатлар тәрепинен қарап шығылып, қарар қабыл етилди.
Буннан кейин, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 402-санлы қарары талапларының орынланыўы бойынша Мәҳәллелер аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Турманов баянат жасады.

Бул мәселе де депутатлар тәрепинен қарап шығылып, қарар қабыл етилди.
Сессияның күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары - экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығын сайлаў ҳаққында болды. Бул лаўазымға Зарипова Гаухар Сарсенбаевнаның кандидатурасы усыныс етилди.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди ҳәм Г.Зарипова Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары - экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы лаўазымына сайланды.

Сессия күн тәртибинде өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы ҳәмде оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған пуқаралардың дизимин сессия қарары менен тастыйықлаў мәселеси қарап шығылды.
Өзбекстан Республикасының арнаўлы Нызамын басшылыққа алып, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы және де оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған 18 293 пуқараның дизими сессия қарары менен тастыйықланды.
Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында болып, бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он төртинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.