«Арал» клубын сыйлықлаў мәресими 1-ноябрь күни өткериледи

Суперлига жолламасы ҳәм бир ўақыттың өзинде Пролига жеңимпазлығын қолға киргизген «Арал» футбол клубына кубок тапсырыў мәресими 1-ноябрь күни болып өтеди.
Пролиганың гезектеги 24-турында «Арал» командамыз Ғузарда «Шўртан»ның мийманы болады. 25-турда болса «Арал» «Ғазалкент» футбол клубын үйде қабыллайды.
1-ноябрь күнги беллесиў 18:00 де старт алыўы режелестирилген.
Соны айрықша айтыў керек, «Арал» 25 жылдан кейин Өзбекстанның ең жоқары лигасына қайтпақта. Әлбетте, бул республикамыз халқы ҳәм футбол ықласбентлери ушын қуўанышлы ўақыя болды.
Командамыздың «Ғазалкент» пенен ойыны екшемби — дем алыс күнине туўра келип атырғаны Қарақалпақстанлы футбол ықласбентлерине узақ күтилген Суперлига жолламасын кең түрде белгилеў ушын имканият.
Ҳәзирги ўақытта Ғазалкентлилер pley-off жолламасы ушын гүрести даўам еттирип атырғанынан келип шықсақ, беллесиўдиң өзи де қызықлы өтетуғынына гүман жоқ.
Бәрше футбол ықласбентлерин 1-ноябрь күни Туран стадионында командамызды қоллап-қуўатлаўға, Пролига кубогын тапсырыў мәресимин ҳәм Суперлига жолламасын кең түрде белгилеўге шақырып қаламыз.