Жоқарғы Кеңес Баслығы алыс Қумбасқан аўылында халық пенен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районындағы алыс Қумбасқан аўылында болып, социаллық реестрине киргизилген шаңарақлар менен ушырасты.
Ушырасыўда шаңарақлардың дәрамат дереклерин көбейтиў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Онда ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен халықтың абаданлығын арттырыў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бағдарында жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында сөз етилди.
Сондай-ақ, мәмлекет тәрепинен ажыратылып атырған субсидиялар, олардан пайдаланыў тәртиби ҳәм бар болған жеңилликлер түсиндирилди. Шаңарақлардың имканиятлары ҳәм қызығыўшылықларынан келип шығып, шарўашылық, қусшылық ҳәм үй шараятында киши бизнести жолға қойыў арқалы турақлы дәрамат табыў имканиятлары көрсетип берилди.
Ушырасыў даўамында шаңарақлардың исбилерменлик жумысын баслаўы ҳәм раўажландырыўы ушын зәрүр болған әсбап-үскенелер де тапсырылды. Бул болса олардың өз мийнети арқалы дәрамат табыўы, шаңарақлық бюджетин беккемлеўи ҳәм турмыс шараятын жақсылаўға хызмет етеди.
Социаллық реестрдеги шаңарақларға бириктирилген басшыларға ҳәр бир шаңарақ пенен мәнзилли ислесиў, бар болған машқалаларды үйрениў ҳәм оларды шешиў бойынша анық тапсырмалар берилди. Белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын қадағалаў, шаңарақлардың турақлы дәрамат дереклерин қәлиплестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Әмелге асырылып атырған бундай жумыслардың тийкарғы мақсети — ҳәр бир шаңарақтың өз имканиятларынан нәтийжели пайдаланыўына жәрдемлесиў, адамларды дәраматлы мийнетке тартыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўдан ибарат. Әлбетте, бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар Қумбасқан аўылы турғынлары ушын да жаңа имканиятлар есигин ашып береди.
Буннан кейин анық илажлар ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды.


.jpg)


.jpg)