Нөкис районы жаслары менен ушырасыў өткерилди

Президентимиз тәрепинен алға қойылған ҳәм бүгинги күнде турақлы әмелге асырылып атырған «Ҳәр пийшемби - Жаслар күни» басламасы елимизде жаслар менен ислесиўдиң пүткиллей жаңа, нәтийжели ҳәм мәнзилли системасын қәлиплестирмекте. Бул баслама жаслардың тек ғана машқалаларын тыңлаў емес, ал олардың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыў, потенциалын толық көрсетиўи ушын беккем тийкар жаратпақта.
Мине усындай ийгиликли илажлар шеңберинде бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис районындағы бир қатар жаслар менен ушырасыў өткерди.
Өткерилген ушырасыўда бул бағдарда жасларға жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди. Соның менен бирге, мине, усы имканиятлардан үнемли пайдаланып, ҳәр қыйлы бағдарларда жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жаслардың қатары барған сайын кеңейип атырғаны айрықша тилге алынды.
Сондай-ақ, ушырасыў даўамында жаслар белсендилик көрсетип, өзлерин қызықтырып атырған мәселелер, әмелде ушырасып атырған машқалалар ҳәм алға қойылып атырған усыныс ҳәм басламаларын тиккелей билдирди. Атап айтқанда, жумыс пенен тәмийинлеў, исбилерменликти жолға қойыў, жеңиллетилген кредитлерден пайдаланыў, кәсип-өнер үйрениў ҳәм билимлендириў тараўына тийсли мәселелер көтерилди.
Ҳәр бир көтерилген мәселе Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тараў жуўапкерлерине оларды қысқа мүддетлерде унамлы шешиў бойынша анық тапсырмалар берилди.
.jpg)

.jpg)
.jpg)
