Исбилерменлердиң машқалалары тынланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин Кегейли районында Кегейли ҳәм Шымбай районларындағы жаңа жойбарлар басламашылары болған исбилерменлер менен ушырасты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлары тийкарында жаратылған шараятлар ҳаққында атап өтти.
Сондай-ақ, өз бизнесин шөлкемлестирип, жаңа жойбарларды әмелге асырып атырған исбилерменлердиң пикир-усыныслары тыңланды.
Өз нәўбетинде, исбилерменлер тәрепинен банк кредитлери, жойбарларды қаржыландырыў, кадастр ҳүжжетлерин ислеп бериў сыяқлы мәселелер көтерилди.
Ҳәр бир көтерилген мәселе белгилеп алынды. Исбилерменлердиң басламаларын қоллап-қуўатлаў, оларға жақыннан жәрдем бериў, жаңа жойбарларды иске қосыў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
.jpg)
.jpg)
.jpg)

.jpg)