Тарийхый жеңис! «Арал-W» қызлар командамыз Өзбекстан жоқары лигасында!

Қарақалпақстанның «Арал-W» қызлар футбол командасы Қызлар 1-лигасының 20-туры шеңберинде ең жақын қарсыласы — «Әндижан-W» командасына қарсы майданға түсти. Шешиўши беллесиўде ўәкиллеримиз 1:0 есабында жеңиске еристи.
Бул жеңис арқалы командамыз очколарын 47 ге жеткерип, жарыс кестесинде жетекшиликти беккемледи. Чемпионат жуўмағына бир тур қалғанда ең жақын қарсыласы «Әндижан-W» менен арадағы парқты 6 очкоға жеткерген «Арал-W» мүддетинен алдын чемпионлықты қолға киргизди!
Ең әҳмийетлиси, командамыз усы нәтийже арқалы Өзбекстан Қызлар Жоқары лигасына жолламаны қолға киргизди. Усы тәризде, Қарақалпақстан қызлар футбол командасы тарийхта биринши мәрте Өзбекстан Жоқары лигасында қатнасыў имканиятына ийе болды.
Бул тарийхый жетискенлик футболшы қызларымыздың мийнети, мәртлиги ҳәм жәмәәтлик аўызбиршилигиниң нәтийжеси болып есапланады. Бул жеңис Қарақалпақстанда қызлар футболын және де раўажландырыў, жас талант ийелерин ашыў ҳәм жаңа табысларға ерисиў жолында әҳмийетли қәдем болды.
«Арал-W» командасы футболшылары, тренерлер ҳәм барлық ықласбентлерди усы тарийхый жеңис пенен қызғын қутлықлаймыз!