Ишимлик ҳәм ақаба суў системасы хызметкерлериниң потенциалын арттырыўға бағышланған халықаралық конференция өткерилмекте

Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде «Өзбекстан Республикасында ишимлик ҳәм ақаба суў системасы хызметкерлериниң потенциалын арттырыў» атамасындағы халықаралық конференция болып өтпекте.
Илаждың ашылыўында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов қатнасты.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде ишимлик ҳәм ақаба суў системасын раўажландырыў, бар болған инфраструктураны модернизациялаў ҳәм халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын жақсылаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Мине усындай ийгиликли ислер қатарында Қарақалпақстан Республикасында Нөкис қаласындағы суў тазалаў имаратында 87 млрд. сумлық реконструкция жумыслары әмелге асырылып, күнлик қуўатлылығы 1,5 есеге арттырылды. Әмиўдәрья районындағы қуўатлылығы 40 мың куб метр болған «Манғыт», Төрткүл районындағы қуўатлылығы 140 мың куб метр болған «Түйемойын» суў тазалаў имаратлары, сондай-ақ, Нөкис районындағы Нөкис, Мәденият, Абадан ҳәм Кердер суў бөлистириў имаратларының қурылысы жуўмақланды. Буның нәтийжесинде ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси Әмиўдәрья районында 22,5 проценттен 54,1 процентке, Нөкис районында болса 43,4 проценттен 87,3 процентке жетти.
Конференцияда суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасы хызметкерлериниң потенциалын арттырыў, тараўдағы заманагөй жантасыўларды үйрениў ҳәм топланған тәжирийбени өз-ара алмасыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Жаслардың усыныслары, жумыс процесиндеги машқалалары ҳәм кәсиплик раўажланыў режелери додаланды.
Онда, сондай-ақ, сырт ел тәжирийбесин жергиликли шараятта қолланыў мәселелерине итибар қаратылды.
.jpg)
.jpg)

.jpg)